"ПРАВА" ЖОЙТЫЛЫП ҚАЛСА ҚАЙТА ИМТИХАН ТАПСЫРЫЎ КЕРЕК ПЕ

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 31.05.2018-жылдағы №408-санлы қарарына тийкарланып,
▪️Жойтылған (урланған, өрт, тәбийий апатшылық ақыбетинде ҳәм басқа жағдайларда) миллий айдаўшылық гүўалығының дубликаты айдаўшының арзасына муўапық, жуўапкер хызметкер тәрепинен айдаўшылық гүўалығы алынғаны ҳаққындағы мағлыўматлар ЖПХниң Бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы тексерилгеннен соң имтиханларсыз бериледи деп белгиленген.
⚠️ Жуўмақ: Яқ, гүўалықты жойтып алғанлық себепли қайта имтихан тапсырыў талап етилмейди. Тек ғана жоғалтыўдан алдын пуқарада ҳақыйқаттанда ҳуқық болған ямаса болмағанлығы тексериледи.
Блог-пост отражает личное мнение адвоката и носит общий информационный характер. По конкретной ситуации проконсультируйтесь с адвокатом напрямую.