❗️ПЕДАГОГЛАРДЫҢ ЖУМЫСЫНА АРАЛАСЫЎ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ

❗️ПЕДАГОГЛАРДЫҢ ЖУМЫСЫНА АРАЛАСЫЎ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ
🗣️ 01.02.2024-жылдағы "Педагогтың статусы ҳаққында"ғы Нызамга муўапық,
▪️ педагогтың кәсиплик жумысына араласыў, оның жумысын тийкарсыз түрде тексериў, педагог тәрепинен билим алыўшылардың билимин дурыс ҳәм қалыс баҳалаўға тәсир көрсетиў, сондай-ақ, оған өзиниң хызмет ўазыйпаларын орынлаўға тосқынлық етиў қадаған етиледи.
Нызамшылықта педагогтың кәсиплик жумысына араласыў түсиниги, атап айтқанда, билим алыўшының билимин дурыс ҳәм қалыс баҳалаўға тәсир көрсетиў менен байланыслы жағдайларды да қамтып алады.
ℹ️ Мәселен, педагогтан белгили бир оқыўшының баҳасын тийкарсыз түрде өзгертиўди талап етиў, оның қалыс баҳалаўына басым өткериў ямаса хызмет ўазыйпаларын орынлаўына нызамға қайшы түрде тосқынлық етиў усындай ҳуқықбузарлық сыпатында баҳаланыўы мүмкин.
⚠️ Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 197-5-статьясына бола, билимлендириў шөлкеми педагог хызметкериниң кәсиплик жумысына билим алыўшылардың билимин дурыс ҳәм әдил баҳалаўына тәсир көрсетиў менен белгиленген тәризде нызамға қайшы түрде араласыў ямаса педагог хызметкердиң хызмет ўазыйпаларын орынлаўына тосқынлық етиў ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады.
⚠️ Бундай ҳуқықбузарлықты ислеген пуқараларға базалық есаплаў муғдарының 4 400 000 сўмға шекем, лаўазымлы шахсларға болса 6 600 000 сўмға шекемги муғдарда жәрийма салыныўы мүмкин.
✍️ Каналларға ағза болың ҳәм бизди бақлап барың:⬇️ ⬇️
📱 https://t.me/QARAQALPAQ_ADVOKATI
📱 https://www.instagram.com/advokat_alaminov?igsh=ZGdkaWdsaG9rcndlv
📱 https://share.google/7FIrHfo2Qpmy2h1fy