МИЙНЕТ КОДЕКСИНЕ ЖУМЫСТАН БОСАТЫЎДЫҢ ЖАҢА ТИЙКАРЫ ҚОСЫЛДЫ

ӨзРсының 14.10.2026-жылдағы №ӨРН-1180-санлы Нызамының 9-статьясы менен Мийнет кодексиниң 161-статьясының, яғный Жумыс бериўшиниң басламасы менен мийнет шәртнамасын бийкар етиўге байланыслы статьяның 2-бөлими төмендеги мазмундағы 5-1-бәнт пенен толықтырылды:
🗣️ "5-1) баланы тәрбиялаў ҳәм оған билим бериў бойынша миннетлемелер өзине жүкленген билимлендириў шөлкеминиң хызметкериниң балаға зорлық ислегенлиги ушын жуўапкершиликке тартылыўы."
Демек, бул тийкар ушын төмендегилер бир ўақытта болыўы керек:
➖ хызметкер билимлендириў шөлкеминде ислейди; ➖ оның мойнына баланы тәрбиялаў ҳәм оған билим бериў миннетлемелери жүкленген; ➖ ол балаға қарата зорлық ислегенлиги ушын жуўапкершиликке тартылған.
⚠️ Балаға қол көтерген билимлендириў хызметкери енди жаза менен бирге жумыс орнынан да айырылыўы мүмкин.
👉 Билимлендириў тараўындағы кәсиплеслериңизге жибериң.
✍️ Каналларға ағза болың ҳәм бизди бақлап барың:⬇️ ⬇️
📱 https://t.me/QARAQALPAQ_ADVOKATI
📱 https://www.instagram.com/advokat_alaminov?igsh=ZGdkaWdsaG9rcndlv
📱 https://share.google/7FIrHfo2Qpmy2h1fy